Archive 2008-2022
Men hardayim kaawikige kirsem Ibrayim Yusupovti ko'rip usinday maqtanishimiz bar dep shukirler aytar edim(... Ajiniyaz ag'a ekinshi bas bet aship "Jaqsi maqala" atamasin qoyip, I.Yusupov maqalasin qayttan qoyin'sa iltimas InabatAllanova talqılaw هىخساشة 06:30, 2022 j. dekabrdiń 22 (UTC)
Ассалаума алейкум Әжинияз, Ең алдымен, конструктив жууабыңызға рахмет.
1) Ауа, неше жыллардан бери, Қарақалпақстанның мектеп және университетлеринде қарақалпақ тили сабағы латыншада өтилип атыр. Бул тууралы хабарым бар. Мен мектепте оқыған кезде-да, бизлер латынша қарақалпақшаны өттик.
Бирақ, Қарақалпақстанда кириллша қарақалпақшаны билетуғын, түсинетуғын, оқыйтуғың адамлар жеткиликли. Уатсап, телеграм, фэйсбукта адамлар өз хат, постларын көбинесе кириллша қарақалпақшада жазады. Кириллша жүргизилетуғын группа, бағдарлама, сайтлар-да бар. Мәселен 1) фэйсбуктағы "Қарақалпақ тарихы, мәденияты, этнографиясы" группасы 2) kitapxana.com сайты 3) sozlik.com бағдарламасында кириллшада сөзлерди жазыу мүмкин 4) erkinkarakalpak.uz газетасы 5) kknews.uz сайты 6) жоқарғы кеңестиң сайтында кириллша қарақалпақша версия бар 7) karakalpakstan.travel сайты
Усы жоқарыда атап өтилген сайт, бағдарламалар өз жумысын кириллша қарақалпақшада жүргизеди
2) Еңбек пенен уақыт тууралы ууайымламаң. Егирде сизлерге қыйын/уақытыңыз жоқ/тек латынша Уикипедияны бағдарламастырғыңыз келсе (нужное подчеркнуть), кириллша вариантты өзим-ақ ислейин
3) Кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын адамлар болған, бар, және келешекте-да болады деп ойлайман.
Әнгиме бул жерде актуаллықта емес-ғой, әнгиме бул жерде кириллша қарақалпақ тилин сақлап қалып, баспалатыуда.
Кириллша қарақалпақ тилиниң тәғдири менен келешегин тек ғана Аллатаала биледи. Жоқарыда айтқанымдай, Қудайға шүкир кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын, оның сақланыуын ойлайтуғын энтузиастлар бар.
Адам жумысқа, проект я бирде бир затқа қызыққан кезде, ол бул жумыс қанша еңбек, уақыт талап ететуғыны жайлы ууайымламайды, неге десең ол адамда қызығушылық бар.
Главное, чтобы было желание и интерес 37.110.214.195 21:09, 2023 j. yanvardıń 22 (UTC)
Ассалаума алейкум Әжинияз, Ең алдымен, конструктив жууабыңызға рахмет.
1) Ауа, неше жыллардан бери, Қарақалпақстанның мектеп және университетлеринде қарақалпақ тили сабағы латыншада өтилип атыр. Бул тууралы хабарым бар. Мен мектепте оқыған кезде-да, бизлер латынша қарақалпақшаны өттик.
Бирақ, Қарақалпақстанда кириллша қарақалпақшаны билетуғын, түсинетуғын, оқыйтуғың адамлар жеткиликли. Уатсап, телеграм, фэйсбукта адамлар өз хат, постларын көбинесе кириллша қарақалпақшада жазады. Кириллша жүргизилетуғын группа, бағдарлама, сайтлар-да бар. Мәселен 1) фэйсбуктағы "Қарақалпақ тарихы, мәденияты, этнографиясы" группасы 2) kitapxana.com сайты 3) sozlik.com бағдарламасында кириллшада сөзлерди жазыу мүмкин 4) erkinkarakalpak.uz газетасы 5) kknews.uz сайты 6) жоқарғы кеңестиң сайтында кириллша қарақалпақша версия бар 7) karakalpakstan.travel сайты
Усы жоқарыда атап өтилген сайт, бағдарламалар өз жумысын кириллша қарақалпақшада жүргизеди
2) Еңбек пенен уақыт тууралы ууайымламаң. Егирде сизлерге қыйын/уақытыңыз жоқ/тек латынша Уикипедияны бағдарламастырғыңыз келсе (нужное подчеркнуть), кириллша вариантты өзим-ақ ислейин
3) Кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын адамлар болған, бар, және келешекте-да болады деп ойлайман.
Әнгиме бул жерде актуаллықта емес-ғой, әнгиме бул жерде кириллша қарақалпақ тилин сақлап қалып, баспалатыуда.
Кириллша қарақалпақ тилиниң тәғдири менен келешегин тек ғана Аллатаала биледи. Жоқарыда айтқанымдай, Қудайға шүкир кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын, оның сақланыуын ойлайтуғын энтузиастлар бар.
Адам жумысқа, проект я бирде бир затқа қызыққан кезде, ол бул жумыс қанша еңбек, уақыт талап ететуғыны жайлы ууайымламайды, неге десең ол адамда қызығушылық бар.
Главное, чтобы было желание и интерес Karakalpak balasy (talqılaw) 21:10, 2023 j. yanvardıń 22 (UTC)
Ассалаума алейкум Әжинияз, Конструктив диалог ушын рахмет, айтылған көп ойларыңызға қосыламан
мен кириллша қарақалпақшада жазылған китап, шығармалардың жоғалмауы ушын, бир электрон китапхана я бир де база исленгенде жақсы болар еди деп ойлайман
Дурыс, мәмлекет пенен илимпазларда кириллша қарақалпақ тилиниң сақланыуында белсенди қатнасыуы керек. К сожалению, сейчас государство и академическое сообщество уделяет мало внимания сохранению и развитию каракалпакского языка. Улыума қарақалпақ тилиниң хәзирги жағдайы тууралы айтқанда бул ууайымлы-ғо. Адамларды қарақалпақ тилин үйрениуге, баспалатыуға, қарақалпақ тилиниң тазалығын, сөз байлығын сақлауға қызықтыратуғын kitapxana.com, sozlik.com сыяқлы көбирек китап, усыныс, жойбар, бағдарламалар керек.
Қарақалпақ тилиниң тазалығын, сөз байлығын сақлау хәм де баспалатыуға жақсы үлгилер бул Нора Галь "Слово живое и мёртвое" хәм Максим Ильяхов "Пиши, сокращай" китаплар Karakalpak balasy (talqılaw) 23:41, 2023 j. yanvardıń 30 (UTC)
Ассалаума алейкум,
Қарақалпақша Уикипедияны көрип шыққаннн кеийн, жуумаққа келдим: жақсы жерлери-да жеткиликли, кемшиликлери-да жеткиликли
1) Алды бурын, Қарақалпақша Уикипедияны жаратыу идеясы мийне келген адам/адамларға алғысымды билдиремен.
Бул өте дурыс идея, Қарақалпақстан, қарақалпақ әдебияты, поэзия, тарихы, мәденияты, шайырлар, жазыушылар, изертлеуши, илимпазлар, барлық Қарақалпақстанға хадал еңбек пенен жумыс ислеген адамлар хәм әлем, дүния тууралы мағлыуматты жыйнап, электрон энциклопедия етиу.
Мениң ойымша, бундай электрон энциклопедиялар, мағлыуматтың умытылып, өшип кетпеуине, сақланыуына хәм де мәнгилисиуине үлкен үлес қосады (архив сыяқлы).
2) Қарақалпақша Уикипедияда әдебий, таза қарақалпақ тилиндеги бар "өндирис, шаңарақ, жалпы, шөлкем, мекеме" сыяқлы сөзлерди пайдаланғаныңызға қууанышлыман
3) көп тараулар жайлы мағлыумат қосылған – әдебият, поэзия, философия, тарих, спорт, экономика ...
Енди кемшиликлерге өтетуғын болсақ, Уикипедияның бир жерлерин көрип, ырасын айтқанда қапа болдым. Мысалға, көп сөзлер қарақалпақшаға тууры өзбекшеден аударылған (илтимас, мәнзил, терме жәмәәти, хош келипсиз, ибарат, шерик, әллеқашан, мәсләхәт, инглисше). Бул сөзлердиң қарақалпақша синоним, эквивалентлары бар-ғо.
Бул сөзлер не ушын қарақалпақшаға өйтип аударылғанын онша түсине алмадым. Мениң ойымша, бул қарақалпақ тилине көрсетилген сыйласызлық я бирде билмеушилик деп ойлайман
Негизинде қарақалпақша қалай аударылыу керек еди 1. "хош келипсиз" орнына хош келдиңиз 2. "илтимас" (негизинде бундай сөз қарақалпақ тилинде жоқ, Баскаков сөзлигинде-да, sozlik.com да жоқ) орнына өтиниш 3. "мәнзил" (негизинде бундай сөз қарақалпақ тилинде жоқ, Баскаков сөзлигинде-да, sozlik.com да жоқ) орнына адрес, жасау орны (қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде адрес деп жазылып тур) 4. "әллеқашан" орнына алдын, бурын 5. "терме жәмәәти" (бул фраза қарақалпақша сөзликлерде жоқ) сөзликлерорнына қурама команда 6. "ибарат" орнына қурайды, дүзилген 7. "шерик" орнына серик 8. "жинаят" орнына қылмыс 9. "мәсләхәт" орнына кеңес 10. "хәмме" орнына бәри, барлық 11. "бийпул" орнына хақысыз, пулсыз, мут, ешейин 12. "инглисше" орнына англичанша, английсше деген мақул деп ойлайман 13. "ашынарлы" орнына қайғылы, ууайымлы, муңлы 14. "тастыйқлау" орнына дәлиллеу, ыраслау 15. "додалау" орнына қосыу 16. "шахс, шахсий" орнына тулға, жекке 17. "шуғылланыу" орнына айланысыу 18. "алақа" орнына қатнас, байланыс 19. "қаттий нәзер" орнына қарамастан 20. "исенимим кәмил" орнына мен исенемен
Егерде мен жоқарыда белгилеп шыққан сөзлерди, оның үстине және басқа сөзлерди адамлар қоллана берсе, қайдем ал, қарақалпақ тилиниң қандай сөз байлығы, өзгешилиги қалады
Қарақалпақ тилиниң тазалығын сақлау я бирде сақламау бул хәр адамның өзине байланыслы, неге десең буны хәр адам өз хүжданы менен ойласып болып шешиуи керек
Хәр аудармашы, бир тилден екинши тилге бир затты аудармастан алдын, ең баста ол тиллердиң қағыйдалары, өзгешелиги, нормалары, грамматикасы, сөз байлығы, фразеологизм, синонимлар, қурамы жайлы ойланыуы керек. Тек ғана анализлап, ойланып, түсиндирме сөзликти көрип болғаннан кейин, аударып баслауы керек.
Корней Чуковский, Нора Галь "Слово живое и мёртвое" китабы, Владимир Гак, Николай Баскаков, Борис Пастернак, Максим Ильяхов ("Пиши, сокращай" китабы бар (https://alpinabook.ru/catalog/book-pishi-sokrashchay/), Ноам Хомски, Стивен Пинкер – усы илимпазлар, изертлеушилердиң аударма практика, тәжирибеси менен, және қосымша бул пайдалы мақала менен танысыуды усынаман https://transeurope.ru/category/outstanding-translators-and-linguists
Мениң өзим МГУда оқыған кезимде, орысшадан – франсузша және немисше тиллерине аударыу жөнинде 4 жыл теория менен практика өттик. МГУда лингвистика курсынада қатнадым. Буған қосымша, мен ауызеки аудармашы (kaa, ru, en, fr, es) болып 3-4 жыл жумыс иследим. Жоқарыда айтқанымдай, менде аудармашылықта жеке тәжрибе болғаннан кейин, мен аударма тууралы өз ой-пикиримди айтып атырман.
Сиз ислеп атырған проект бул дурыс зат, тек өтиниш, жоқарыда айтылған тил хәм сөзлер умытылыуы машқалаларына кеуил бөлиңиз, буны байқаңыз хәм де қадағалыңыз. Рахмет Karakalpak balasy (talqılaw) 23:24, 2023 j. yanvardıń 30 (UTC)
::айғабағар, ғәрезсизлик, гешир, машқала, пышық, шөлкемлестириу, шөлкем, нәхән, торақ, билимлендириу – қарақалпақ тилинде мине усындай өзгеше, уникал, бир неше түркий тиллерде жоқ сөзлер бар, бирақ хәзир бундай таза сөзлер жаратылмай атыр
Инабат, 1) Инабат, егер алдын билмеген болсаң, хатты көп мәрте "!" белгисин қолланбайда жазыу мүмкин.
2) Сениң хатың өте сыйласықсыз жазылған. Әжинияз сеннен мың есе жақсы жазады.
3) Николай Баскаков орыс адам болғаны менен, ол сен хәм де айрым усы Уикипедияны редакторлап атырған адамларға қарағанда, қарақалпақ тилиниң сақланыуына мың есе көп үлес қосты. Сен филолог, изертлеуши, профессионал аудармашы болмай турып, Баскаковтың жумысын бахалалмайсаң!
4) ең баста, "адрес, команда" сөзлери орысшаға англичан, франсуз тиллеринен келген. Кейин есе, бул сөзлер орысшадан қарақалпақшаға өтти.
Егерде ондай логика менен ойлайтуғын болсаңыз, "интернет, телефон, почта, вокзал, фэйсбук, уатсап, холодильник, стол, ручкы, телеграм, сайт" сөзлери менен қолланба.
Адрес, өтиниш, команда "мәнзил, илтимас, терме жәмәәти" ден мың есе жақсы!
5) мен алдын айтқанымдай, Қарақалпақстанда кириллшада жазылатуғын сайт, группалар жеткиликли. Тағы, егер хабарың жоқ болса, Қарақалпақстанның үкиметиниң сайтында кириллша версия бар.
6) мен барлық затты кириллшаға өтириу керек дегеним жоқ. Мен бул жерде кириллша Уикипедияны жаратыу тууралы әнгиме айтып атырман. Бир зат деп жазбастан бурын, мениң алдыңғы хатымды жақсылап оқы!
7) á, ó, ú, ń, ģ хәриплери және венгр, чех, словак, поляк тиллеринде ушырасады.
Сениң усы хатыңнын өзинде мен неше фактологиялық қәтелерди байқадым, қәйдем ал, Уикипедияда мақала қалай жазып атырғаныңды.
8) Уикипедия өз алдына сөзлик жаратқан жағдайда-да, ең алдымен, қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзликлери, әдебий қарақалпақ тилиниң сөз байлығы және қағыйдаларын есапқа алып ислеу керек.
9) "Уикипедия халық түсинетуғын сөзлерде, халық түсинетуғын тилде сөзлик жаратыу хуқықына ийе".
Егер сен, Уикипедияда "хош келдиңиз, өтиниш, кеңес, адрес/жасау орны, алдын, бурын, қайғылы, ууайымлы, муңлы, қылмыс, серик, ыраслау, айланысыу, жекке, тулға" сыяқлы сөзлерди жазсаң, Қарақалпақстандағы адамлардың көбиси бул сөзлерди түсинеди.
Тағы, егер Уикипедияны оқып атырған адам, әдебий қарақалпақ тилинде бар айрым бир сөзлерди түсинбесе, бул сөзди sozlik.com да излеуи мүмкин. Бул адамның өзине пайда болады, неге десең ол таза сөз үйренеди және өз сөз байлығын байытады. Адам таза сөз үйренген кезде, бул мийне пайда болады, бул фактты илимпазлар ыраслаған.
10) Қарақалпақ тилиниң сақланыуна болысатуғын екенсиз, не ушын онда тил тазалығын сақламайсыз?
Не ушын әдебий қарақалпақ тилинде бар "хош келдиңиз, өтиниш, алдын, бурын, қурайды, серик, қылмыс, қеңес, хақысыз/пулсыз/мут, ешейин, қайғылы/ууайымлы/муңлы, дәлиллеу/ыраслау, тулға, жекке, айланысыу, қатнас/байланыс" сыяқлы сөзлерди қолланбайсыз?! Karakalpak balasy (talqılaw) 19:58, 2023 j. yanvardıń 31 (UTC)
Нурлан, бириншиден Инабаттан кейин қосылып коммент жазыудың қажети жоқ, сизлер екеулеп маған қарсы шығып атырсыз.
Екиншиден, қарақалпақ тилинде "Орысша, англичан тили" деген сөзлер бар, сөзликти жақсылап қараң. Karakalpak balasy (talqılaw) 20:18, 2023 j. yanvardıń 31 (UTC)
Рахмет, Нурлан
Қуры мениң Инабаттың сыйласықсыз және фактологиялық қәтелер менен жазған жууабына қаттыға ашыуым шығып кетти.
исенимли sozlik.com сайтында "орысша, англичан тили" деген сөзлер бар екенин көрдим
Мен қарақалпақ тилиниң ууайымлы жағдайына кеуил бөлиуди өтинежақ едим. Қарақалпақ тили умытылып баратырғаны хәм тил машқаласы жөнинде неше илимпазлар және Дәулетмурат ағада айтқан еди
Өрнек тууралы айтқаныңыз дурыс. Karakalpak balasy (talqılaw) 20:44, 2023 j. fevraldıń 1 (UTC)
This article uses material from the Wikipedia Qaraqalpaqsha article Talqılaw:Bas bet, which is released under the Creative Commons Attribution-ShareAlike 3.0 license ("CC BY-SA 3.0"); additional terms may apply (view authors). Maǵlıwmat CC BY-SA 4.0 litsenziyası boyınsha alınǵan (eger basqa shártler kórsetilmese). Images, videos and audio are available under their respective licenses.
®Wikipedia is a registered trademark of the Wiki Foundation, Inc. Wiki Qaraqalpaqsha (DUHOCTRUNGQUOC.VN) is an independent company and has no affiliation with Wiki Foundation.